Ўатанды қорғайды жигиттиң мәрти
Усы күнлери пүткил елимиз бойлап Ўатан қорғаўшылары күни және қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 25 жыллығы кең түрде белгиленбекте. Байрам мүнәсибети менен қала ҳәм районларда, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында, әскерий бөлимлерде, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында, мийнет жәмәәтлеринде ҳәр қыйлы ушырасыўлар, спорт жарыслары, концерт бағдарламалары ҳәм қайырқомлық илажлары өткерилмекте.
13-январ күни пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдындағы майданға республика басшылары, әскерий хызметкерлер, кең жәмийиетшилик ўәкиллери жыйналды. Естелик алдына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, оқыў орынлары, мийнет жәмәәтлери, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сазлы театрында байрамға бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары, республика ҳүкиметиниң ағзалары, әскерий хызметкерлер, кең жәмйиетшилик ўәкиллери қатнасты.
Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.
Жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси атынан Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары А.Хамраев Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң шерек әсирлик қутлы байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм бул сәнениң халқымыз турмысында тутатуғын орны ҳәм әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң тийкарын салыўшы, елимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримов тәрепинен Қураллы Күшлеримизге болған жоқары итибары нәтийжесинде Ғәрезсиз Өзбекистанымыз бүгинги күнде профессионал таярлыққа ийе, ең заманагөй қурал жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинленген, Ўатанымызға ҳәм халқымызға садық хызмет ететуғын әскерлери бар миллий армиясына ийе болды. Ҳәр биримиздиң мақтанышымызға айланған бул армиямыз әскерий қурылыс ҳәм әскерий көркем-өнер тараўларында дүньяның ең алдыңғы тәжирийбелерин өзлестирген, терең билим ҳәм интеллектуаллық потенциалға, беккем ерк-ықрарға ҳәм әскерий таярлыққа ийе болған жаслары, ғәрезсизлик жылларында кәмал тапқан, ана Ўатанымызға садық ҳәм мәрт әскерлери менен ажыралып турады. Бул өз гезегинде елимиздиң қәўипсизлигин, халқымыздың тыныш-татыў, парахат ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып хызмет етпекте.
Елимиздиң Қураллы Күшлеринде әмелге асырылып атырған реформалар өз нәтийжесин берип, бүгин миллий армиямыз ең жақсы үскенеленген ҳәм жаўынгерлик таярлығы жоқары армиялардан есапланады. әскерий оқыў орынларында сержант ҳәм офицер кадрларды таярлаўдың заманагөй илим ҳәм техника жетискенликлерине тийкарланған нәтийжели системасы шөлкемлестирилди. Әскерий бөлимлердиң материаллық-техникалық базасы беккемленбекте.
Илажда Арқа-Батыс әскерий округиниң бөлим командири, «Жасорат» медалиниң ийеси, подполковник Ш.Хаиров, Самарқанд ўәлаяты Каттақорған қаласында хызмет етип атырған әскер жерлесимиздиң анасы Л.Ибрагимова, шайыр Ж.Өтениязов қутлықлаў сөз сөйледи.
Салтанатлы мәжилис республика көркем-өнер шеберлериниң ҳәм Арқа-Батыс әскерий округи ансамблиниң байрам концерти менен жуўмақланды.