Ата-бабалардың дәстүрине садықлық
Биринши Президентимиз баслап берген жол арқалы көз алдымызда жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар, халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасының жедел өсип, елимиз келбети, мәмлекетимиздиң жәҳән жәмийетшилигиндеги орны пүткиллей өзгерип атырғаны ҳәр бир ўатанласымызға мақтаныш бағышламақта.
Әсиресе елимизге еркин ҳәм абат турмыс инам еткен, инсаныйлық абырайымыз бенен қәдир-қымбатымызды тиклеп, бәршемизге өзлигимизди аңлаў сезимин қайтарып берген ғәрезсизлик жылларында әсирлерге тең болған дөретиўшилик жумыслары Өзбекистанымыздың жаңа тарийхынан мүнәсип орын ийелемекте.
Халқымыз жаңа жылды өзгеше кейпият, көтериңки руўх пенен күтип алып атырған усы бахытлы күнлерде ҳәр бир инсан турмысында, әсиресе, бәршемиз ушын теберик, қәдирли, уллы инсанлар саналған нураныйларымыз турмысында мисли көрилмеген жаңалық жүз бермекте.
Яғный, Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен 2016-жыл 28-декабрь күни қабыл етилген «Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураный» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын пүткил халқымыз, әсиресе, биз нураный инсанлар үлкен қанаатланыўшылық пенен қабыл еттик.
Жалғыз кекселерди, пенсионерлерди ҳәм майыпларды қорғаўды, кексе жастағылар, имканияты шекленген адамлар ҳәм жалғыз кекселерге медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўди мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерген ҳеш бир мәмлекет жоқ.
Бундай ийгиликли ислерге ата-теги таза, уллы ата-бабалардың әўлады, мәнаўий бай халық ғана уқыплы, деп көтериңки айтыў орынлы.
Ҳақыйқатында да, халқымыз әзелден ҳәр күнин, барлық уллы ҳәм ийгиликли ислерин кекселердиң пәтиясын алыўдан баслайды.
Ҳүрметли Президентимиздиң пәрманы ата-бабаларымыз дәстүрлерине садықлығымызды өзинде жәмлеўи менен бирге, мәнаўий мийрас болып киятырған бийтәкирар пазыйлетлеримизди буннан былай да жетилистириўде әҳмийетли орын ийелейди.
Бул пәрманда жоқары ийгиликли мақсетлерди нәзерде тутып әмелге асырылыўы күтилип атырған илажлар, ең дәслеп, жәмийетимизди буннан былай да еркинлестириў, елимиздиң және де гүллеп-жайнаўы жолында нураныйларымыздың белсене қатнасын тәмийинлеў сыяқлы мақсетлер жәмленген.
Усы жол арқалы нураныйларымыз елимизди тағы да абадан етиў, Ўатанымыздың абырай-мәртебесин халықаралық майданда арттырыў жолында үлкен дөретиўшилик жумысларын алып баратуғынына исеним билдиремиз.
Ш.Уснатдинов.
«Нураный» қорының
Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы