«МЕНИҢ ҚУЯШЫМ» БАЛАЛАР БАҚШАСЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ
Пайтахтымыздағы 32-санлы «Қосбулақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Мениң қуяшым» мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси пайдаланыўға тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Нөкис қаласының ҳәкими П.Төрешов, аймақ турғынларынан, нураный Т.Акимниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа балалар бақшасының ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў, соның ишинде, мәмлекетлик емес балалар бақшалары тармағын раўажландырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Мектепке шекемги билимлендириў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин талқылаўға бағышланып усы жыл 14-февраль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Елбасшымыз балалар бақшаларының қурылыс-оңлаў жумысларының сапасын жақсылаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, керекли азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, тәлим-тәрбия жумысларын жақсылаў, тәжирийбели педагог ҳәм арнаўлы қәнигелер менен тәмийинлеўде кешиктириўге болмайтуғын жуўапкерли ўазыйпаларға тоқтап өтти. Президентимиздиң басламасы менен 2018-жыл Қарақалпақстан Республикасында «Мектепке шекемги билимлендириў жылы» деп белгиленди.
Быйылғы жылы республикамызда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 179, соның ишинде, пайтахтымыз Нөкис қаласында 30 балалар бақшасын жаңадан шөлкемлестириў бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланды. Соннан 102 си жаңадан қурылатуғын имаратта, 51 и бар имаратта ҳәм 26 сы үй бақшасы сыпатында шөлкемлестириледи.
Бүгинги күнде «Өзсанаатқурылысбанк» акционерлик-коммерциялық банктиң Қарақалпақстан регионаллық филиалы тәрепинен 16 үй бақшасында капитал оңлаў жумысларын алып барыў, оларға инвентарьлар сатып алыў ҳәм үскенелеў ушын 3 миллиард 911 миллион сум муғдарында кредит қаржысы ажыратылды.
Нөкис қалалық мектепке шекемги билимлендириў бөлими жанында балалар бақшаларына коммуналлық хызмет көрсететуғын арнаўлы оңлаў эксплуатациялық хызмети шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, 9 көп тармақлы фермер хожалығы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлейди.
— Улыўма 80 балаға мөлшерленген бақшамызда бүгинги күни 35 бала қабыл етилди,-дейди «Мениң қуяшым» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң баслығы Тамара Есбергенова. — Бул жерде тәрбияланыўшылар ушын барлық шараят жаратылған. Жәми 7 педагог мийнет етип атырған жәмәәтимизде балалар күнине бес мәрте аўқатландырылады. Олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын инглис тили, гимнастика, таэквон-до, аяқ ойын дөгереклери шөлкемлестирилген.
Илаж қатнасыўшылары билимлендириў мәкемесинде тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.