«Билимлер күни» белгиленди
Өзбекстан Республикасы Fәрезсизлигиниң 22 жыллығына бағышланып “Қәдир-қымбатым, сүйенишим ҳәм мақтанышымсаң, Ғәрезсиз Өзбекстан!” атамасындағы байрам кешеси ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўына байланыслы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң биринши курсына қабыл етилген студентлердиң салтанатлы ант бериў кешеси болып өтти.
Байрам кешесин усы университеттиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Б.Мәтмуратов алып барды. Университет ректоры М.Жуманов, академик А.Дәўлетов ҳәм басқалар оқыўға қабылланған жасларды қутлықлап, байрам тилеклерин билдирди.
Дене тәрбиясы бакалавр бағдарына 4 Өзбекстан Республикасы чемпионлары, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдарына 3 республикалық пән олимпиадалары жеңимпазлары тест сынақларысыз университеттиң студенти болыў бахтына ерискен жасларға “Студентлик билети” тапсырылды. Соң Нөкис футбол федерациясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы жоқарғы лига чемпионатында университет футбол командасы биринши орынды ийелегени ушын баҳалы саўғалар ҳәм медаллар тапсырылды.
Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасып, бәршени Ғәрезсизлик байрамы ҳәм Билимлер күни менен қызғын қутлықлады.
Кеше соңында талантлы қосықшылар ҳүм “Ҳүрлиман” ансамбли ағзаларының концерт бағдарламасы қойып берилди.
2-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 22 жыллығына бағышланып «Қәдир-қымбатым, сүйенишим ҳәм мақтанышымсаң, ғәрезсиз Өзбекстан!» атамасындағы Ғәрезсизлик байрамы ҳәм 2013-2014-жаңа оқыў жылы басланыўы мүнәсибети менен «Билимлер күни» атамасындағы салтанатлы байрам кешеси болып өтти.
Кешени институт ректоры Б.Пренов кирис сөз бенен ашып, 2013-2014-оқыў жылында институт қабыллаў комиссиясына 8440 абитуриент ҳүжжет тапсырғанлығын, соннан 460 абитуриент грант тийкарында, 926 абитуриент шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилгенлигин айтып өтти.
Кешеде Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, сенатор К.Каримов, академик Ж.Базарбаев ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлерден келген мийманлар жыйналғанларды Ғәрезсизлик байрамы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қызғын қутлықлады.
Соң жоқары балл менен ҳәм спорт жарысларында чемпион болып, мәмлекетлик тест сынақларысыз оқыўға қабыл етилген 1-курс студентлери сөзге шықты. Сондай-ақ, быйыл 26-28-июль күнлери Чехия Республикасында спорттың дзю-до түри бойынша жаслар арасында өткерилген Европа кубогинде 1-орынды ийелеп, алтын медальды қолға киргизгени ушын дене мәденияты факультетиниң 2-курс студенти Элёр Машариповқа институт басшылығы тәрепинен естелик саўғасы тапсырылды.
Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Нурабуллаев қатнасты.
***
Елимиз ғәрезсизлигине ҳәм жаңа оқыў жылына арналған бундай байрам кешелери республикамыздағы барлық жоқары, орта арнаўлы оқыў орынларында ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде де болып өтти.